Ана тилиме - Ибрайым Юсупов 20-сентябрь, 1970-ж. - Ana tilime Ibrayim Yusupov
Ибрайым Юсупов. АНА ТИЛИМЕ. Жыраў сени бәйги атындай баплаған, Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған. Алпамыслар уран етип урыста, Бердақ сени қурал етип саплаған. Байтерексең өскен гөне тамырдан, Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан. Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса, Сөз қыйсыны ғазийнеңнен табылған. Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып Қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып, Сен арқалы ханды жумсап қатынлар, Әжинияз сайраған елин сағынып. Нақылларың, шағып көрсем, маңыздан. Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған. Атам саған азаматлық жан берип, Анам саған мийрим сүтин тамызған. Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдап, Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ. Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең, Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап. Мен теңеймен сени жеген наныма, Уўыз бенен руўҳың сиңген қаныма. Ес билгели тил жатырқап көрмедим, Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма! Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар. Илме султан сулыўлығың жарасар. Қандай жақсы ағайинниң көплиги! Жақынбыз деп саған көп тил таласар. Ана тилим, сен - басқадан айырмам, Сен турғанда мен де әдеўир шайырман. Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, Бул күнлерге жеткениңе қайылман. Ибрайым Юсупов. 20-сентябрь, 1970-ж.
Название:
Ана тилиме - Ибрайым Юсупов 20-сентябрь, 1970-ж. - Ana tilime Ibrayim Yusupov
Категория:
Разное