🎵”Көзге Миймандур” - Мақтумқулы сөзи [Аяпберген Өтепбергенов аўдармасы] | Kózge miymandur qosıǵı

12+
12+

2 просмотра

9 дней назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

2 просмотра

9 дней назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

2 просмотра

9 дней назад

Туркмен елиниң уллы философ шайыры Мақтумқулы сөзи [Аяпберген Өтепбергенов аўдармасы] Мақтымқулы халық арасында "Дүньяның бар илимин симирип,китап қоймай оқыған кәрәматлы ўәлий деп саналады." ( Г.Вамбери ) Усы арнадан қосықларды алсаңыз болады: _____КӨЗГЕ МИЙМАНДУР______ Қара қас астында бадам қабағың, Кирпигиңниң ниги көзге миймандур. Келгеннен қызғанба ишкен тамағың, Нанға мүтәж емес, сөзге миймандур. Узақдур мәнзиллер, аўырдур жоллар, Сорасса жигитлер, сөйлессе тиллер, Бәҳәрде ашылған рәңберең гүллер Бир пасыл ашылар, жазға миймандур. Не гөззал ҳөнерлер, не сырлы ислер, Не ҳаўалы жайлар, алтын-гүмислер, Алтымыш әлўан, жетимиш түрли жемислер Ағаштан айрылар, гүзге миймандур. Жигиттиң болмаса жарағы, аты, Соны билиң, жоқдур оның ғайраты. Қартайсаң билерсең жастың қуўатын, Жигитликтиң зоры дизге миймандур. Азада тутпасаң кеўил мүлкиңди, Шайтан ара түсип, бузар қулқыңды. Маба билме жүзиңдеги көркиңди, Шырай-пәкизелик жүзге миймандур. Мақтымқулы, тыңлар ел жоқ сөзиңди, Сиз-бизлик, сыйласық қалды изиңде. Қанша жасасаң да жердиң жүзинде, Адам бир бес күнлик дузға миймандур. #Мақтумкулы#АяпбергенӨтепбергенов

Название:

🎵”Көзге Миймандур” - Мақтумқулы сөзи [Аяпберген Өтепбергенов аўдармасы] | Kózge miymandur qosıǵı

Категория:

Разное