Ораза айы мүнәсибети менен

8 подписчиков

12+
12+

3 просмотра

23 дня назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав

8 подписчиков

12+
12+

3 просмотра

23 дня назад

ПожаловатьсяНарушение авторских прав
12+
12+

3 просмотра

23 дня назад

Хабарыңыз бар, елимизде Ораза айы мүнәсибети менен қаламыз аймақларында кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға ҳәм ораза тутып атырған нураныйлерге ифтарлық дастурханы жайылып атыр. Усындай илажлар нураныйлар ҳәм көп жыллық тәжрийбеге ийе көше бийлер ушын ийгиликли имканият саатлары... Өйткени, қолдан суў алыўға келген балаларға, жасларға халықлық әдеп-икрамлықты, ата-бабаларымыздың тәрбиялық характерге ийе жолларын, гөззал гәплери менен кейинги әўладқа жеткериўде үгит-нәсиятлаў күнлери болып атыр. Адамның бир парасы бар: Оқымай-ақ санасы бар. От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре - түре. Шайыр И.Юсупов қосық қатарларында сөз етилгениндей, жаслар жас үлкен зиялы инсанлардың сөзлерин еситиў арқалы тәрбияланады. Аббаз шайырдың "Баҳадыр" дәстанында былай, Отырыспаға барғаныңда, Қызға ҳәмдам болғаныңда, Бир кесе шай алғаныңда Жумсақ сөзли бол биймәлел?!-деп нәсият береди. Өмир жолы үлги боларлықтай аталардың, бийлердиң әңгимелерин жасларымыз еситип, миллий қәдирияларымызды аңғарады.

Название:

Ораза айы мүнәсибети менен

Категория:

Разное